Миздахкан комплексине саяхат
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының бир топар студентлери Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Хожаметов басшылығында Хожели қаласындағы Миздахкан комплексине саяхат қылды. Сондай-ақ қәбилетли студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Тлеумуратов ҳәм студентлер турақ жайы педагог-тәрбияшысы Ы.Сейтқасымовларда барды. Бул саяхатты шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет студент жасларды мәдений естеликлер менен жақыннан таныстырыў ҳәмде олардың қәлбинде мәдений мийрасларымызға болған ҳүрмет сезимин жәнеде арттырыўдан ибарат. Бәршемизге белгили Миздахкан археологиялық комплекси көп жыллық тарийхқа ийе. Саяхат даўамында Г.Хожаметов филиал студентлерине Миздахкан комплекси ҳаққында толық мағлыўмат берди. Студентлер үлкен қызығыўшылық ҳәм дыққат пенен тыңлады. Мәдений естеликлеримиздиң тарийхын билиў, соның менен бирге оларды қәстерлеп сақлаў ҳәмде келешек әўладқа жеткизиў керек екенлиги айтып өтилди. Бир сөз бенен айтқанда, бул саяхат студент жасларда әжайип тәсирлер қалдырды ҳәм олар керекли мағлыўматларға ийе болды. Заўықлы өткен демлер қәлбимизге мөрлениўи ҳәм фотосүўретлерде сәўлелениўи сыяқлы бул саяхат филиал студентлериниң қыялында жақсы елеслер менен қалыўы анық. Соны атап өтиў орынлы, филиал студентлери ушын усы сыяқлы саяхатлар турақлы шөлкемлестирилип барылмақта.
скачать dle 12.1