Студентлер ҳәптеде еки күн теориялық билим алады, қалған күнлери кәрханаларда жумыс ислейди
Профессионал билимлендириўде ҳәм оқып, ҳәм жумыс ислеў ушын кең имканиятлар жаратылды.
“Профессионал билимлендириў системасында дуал билимлендириўди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (163-санлы, 29.03.2021ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2021/2022-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш профессионал билимлендириў мәкемелери (колледжлер ҳәм техникумлар) нде дуал билимлендириў шөлкемлестириледи.
Дуал билимлендириў – тәлиминиң теориялық бөлими билимлендириў шөлкеми тийкарында, әмелий бөлими болса билим алыўшының жумыс орнында әмелге асырылатуғын система.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәр жылы 1-июльге дейин дуал билимлендириў бойынша кадрлар таярланатуғын билимлендириў мәкемелерин белгилейди.
Бунда оқыўшы ушын әмелият өтелетуғын шөлкемде турақлы жумыс орны ажыратылады.
Оқыўшылар ҳәптеде кеминде еки күн теориялық билим алады, қалған күнлери кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейди. Дуал билимлендириў процесинде оқыўшыға ислеген күнлери ушын ҳақ төленеди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1