SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Нәўбеттеги онлайн лекция қандай темада болып өтти? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Нәўбеттеги онлайн лекция қандай темада болып өтти?
Нәўбеттеги онлайн лекция қандай темада болып өтти?
Академик Д.Н.Прянишников атындағы Пермь Мәмлекетлик аграр-технологиялық университети Ветеринария медицинасы ҳәм зоотехния факультети доценти, ветеринария илимлери кандидаты А.А.Беккер Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлерине күйдирги кеселлиги бойынша онлайн лекция өтти. Оған Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Т.Ибраймов, филиал оқытыўшысы Д.Базарбаева ҳәм студент жаслар қатнасты. Онлайн сәўбетлесиў даўамында баянатшы А.А.Беккер тәрепинен филиал студентлерине күйдирги кеселлиги қайсы ҳайўанларда көп ушырайтуғынлығы,оның келип шығыў себеплери ҳәм белгилери, сондай-ақ бул кеселлик адамларға қандай жағдайларда жуғыўы мүмкин екенлиги ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Студентлер лекцияны дыққат пенен тыңлап, тема бойынша керекли билимлерге ийе болды. Сондай-ақ, олар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигеден толық жуўапларды алды. Еслетип өтемиз, буннан алдын Академик Д.Н.Прянишников атындағы Пермь Мәмлекетлик аграр-технологиялық университети Ветеринария медицинасы ҳәм зоотехния факультети аспиранти Милад Бинияз тәрепинен студент жасларға «Сыйыр буўазлығы узи диагностикасының заманагөй усыллары» темасы бойынша онлайн лекция шөлкемлестирилген еди. Филиалдағы билимлендириў процесинде усы сыяқлы биргеликте алып барылатуғын онлайн лекциялар айрықша әҳмийетке ийе болып саналады. Өйткени, бул арқалы студентлердиң билимлери жәнеде артып барады. Бүгинги сабақ даўамында да олар жеткиликли билимлерди өзлестирди деп биймәлел айта аламыз.