Ең жақсы илимий-публицистикалық мақалалар таңлаўы жәрияланды
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Социаллық-экономикалық изертлеўлерге бағышланған ең жақсы илимий-публицистикалық мақалалар таңлаўын жәриялады. Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелигин баҳалаў ҳәмде бул бағдарда искерлик алып барыўшы жас ҳәм профессионал изертлеўшилердиң илимий ҳәм дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде социаллық-экономикалық изертлеўлер бойынша ең жақсы илимий ҳәм публицистикалық мақалалар таңлаўы жәрияланады.
Таңлаўға төмендеги бағдардағы изертлеў нәтийжелери тийкарында жазылған мақалалар қабыл етиледи:
-Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў;
-Камбағаллықты қысқартыў;
-Социаллық қорғаў (ҳаяллар, балалар, кекселер, нәгиранлар);
-Мийнет базары, миграция ҳәм жумыссызлық;
-Исбилерменликти раўажландырыў;
-Финанс базары ҳәм банк системасы нәтийжелилиги;
-Сыртқы саўданы раўажландырыў ҳәм халықаралық экономикалық шөлкемлерге интеграция;
-Санаат тармақларын раўажландырыў;
-Қурылыс ҳәм инфрасистемаларды раўажландырыў;
-Мәлимлеме-коммуникация тараўы ҳәм экономика тармақларын санластырыў;
-Транспорт ҳәм логистика;
-Туризм ҳәм HoReCa индустриясы;
-Энергетика;
-Аўыл хожалығы.
Таңлаўға жасаў ҳәм жумыс орнына қарамастан, Өзбекстан Республикасының, сондай-ақ санаат ҳәм регионлардың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў мәселелерин үйренетуғын барлық изертлеўшилер қатнасыўлары мүмкин. Ең жақсы мақала авторының жумыс ҳәм жасаў мәнзили, лаўазымы ҳәм статусына қарамастан, сапа көрсеткишлери тийкарында қалыс түрде таңланады.
Таңлаўдың сыйлық фонды 50 миллион сум:
1-орын 25 миллион сум;
2-орын 15 миллион сум;
3-орын 10 миллион сум.
Таңлаўға Өзбекстан Республикасы социаллық ҳәм экономикалық раўажландырыўдың актуал мәселелерине бағышланған өзбек, рус ямаса инглиз тилинде жазылған толық текстли баспадан шығарылған мақалалар қабыл етиледи.
22 жастан киши изертлеўшилер тәрепинен жәрияланған ең жақсы мақала авторы 10 миллион сум пул сыйлығы менен сыйлықланады.
Таңлаўға 2021-жыл 1-февральдан 1-сентябрьге шекем баспадан шығарылған мақалалар қабыл етиледи. Қабыллаўдың соңғы күни 2021-жыл 1-сентябрь.
Таңлаў нәтийжелери 2021-жыл 1-октябрьде жәрияланады.
Мәнзил: Ташкент қаласы, Чилонзор районы, Новза 6
Байланыс ушын:
Тел: (+998 78) 150 02 02 (406)
Тел: (+998 90) 372 99 34
E-mail: m.kholmukhamedov@cerr.uz
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1