Филиал студентлерине әмелият шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында студентлерге билим бериўде теория менен әмелиятты тығыз байланыстырыўға айрықша итибар қаратылады. Өйткени әмелий көнликпелердиң жақсы өзлестирилиўи билимлендириўдиң сапасын жәнеде асырып барады. Атап айтқанда, Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик ҳәм Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 3-курс студентлери ушын усы жылдың 23-март сәнесинен баслап 4 ҳәптелик өндирислик әмелияты шөлкемлестирилди. Яғный, студентлер өзлерине бириктирилген оқытыўшылары А.Торешова ҳәм Б.Кунисов басшылығында Нөкис қалалық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими ҳәм «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ кәрханасына өндирислик әмелиятын өтеў ушын жиберилди. Оларды Нөкис қалалық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими баслығы И.Оразбаев ҳәмде «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ директор орынбасары С.Төлепов күтип алды. Оқытыўшылар олар менен әмелият процеси ҳәм гөзленип атырған нәтийжелер ҳаққында сәўбетлесиў алып барды. Сондай-ақ студентлер кәрхана хызмети менен жақыннан таныстырылды. Бул әмелият дәўири болажақ қәнигелер ушын жүдә әҳмийетли болып саналады. 3-курс студентлери жуўапкершилик пенен қарап, өзлериниң әмелий көнликпелерин беккемлеўге ҳәрекет қылады ҳәм сол арқалы жақсы тәжирийбе арттырады деп үмит етемиз. Соны айрықша атап өтиў орынлы, әмелият карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда алып барылады. Тараў бойынша жетик кадрларды таярлаўда бул әмелият үлкен үлес қосыўына исенемиз! Студентлер 1 ай даўамында Нөкис қалалық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими ҳәм «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖде өз тәжирийбелерин арттырады ҳәм тараў бойынша зәрүр болған әмелий көнликпелерге ийе болады.
скачать dle 12.1