Наўрыз байрамыңыз мүбәрек болсын әзизлер!
Ассалаўма алейкум әзиз ўатанласлар, қәдирли филиал жәмәәти!
Үлкен қуўаныш пенен сизлерди, сизлер арқалы шаңарақ ағзаларыңызды ҳәмде гүллән халқымызды Наўрыз байрамы менен қутлықлайман!
Көзди ашып-жумғанша суўық күнлер артта қалып, елимизге бәҳәр епкини кирип келди. Бул пасыл әжайип байрамларға бай екенлиги менен ажыралып турады. Жақында 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамын жоқары кейпиятта белгилеген едик. Мине енди мүбәрек әййямымыз–Наўрыз байрамы қарсаңында турмыз. Ең алды менен, усындай қутлы күнлерге ҳәммемизди саў-саламатлықта жеткизгенине мың шүкирлер болсын! Қуўанышлысы байрам кейпияты елимиз бойлап гезип жүрипти. Наўрыз улыўма халықлық байрамында халқымыз жақсы нийетлер менен, жаңа арзыўлар менен кеўилиндеги ең пәк тилеклерди билдиреди. Миллийлигимизди ҳәм қәдириятларымызды өзинде сәўлелендирген бул әййям қәлбимизге гирбиңсиз қуўаныш сезимин жайлайды. Наўрыз байрамының көриниси қазанда қайнап атырған сүмелектиң ийиси, әткөншекте ушып атырған балалардың күлкиси, байрам қосығына ойынға түсип атырған қызлардың нәзик ҳәрекетлери менен және де шырайлы түске енеди Халқымыз миллий байрамды белгилеў ушын әллеқашан таярлық жумысларын баслап жиберди. Усы орында бәршемизге белгили, ақырғы күнлерде халық арасында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайлары бираз көбейгенлиги себепли, байрам илажларында халықты көп топламаў ҳәм келгенлер нықап тағып жүриўи, социаллық аралықты сақлаў бойынша қадағалаўды орнатыў, сондай-ақ халық топланыўының алдын алыў мақсетинде байрам илажларын киши көлемде мәкан пуқаралар жыйынларында шөлкемлестириў илажларын көриў белгиленди. Әлбетте, улыўма халықлық байрамымыз қарсаңында елимизде кеселлениў жағдайлары саны артқанлығы бизди бираз қапа қылады. Бирақ, қәўетерге ҳасла орын жоқ. Тек ғана ҳәр биримиз жуўапкершиликти сезинип, өзимиз ҳәм әтирапымыздағылар саламатлығына итибарлы болсақ, байрам илажларын республика арнаўлы комиссиясының көрсетпелери тийкарында шөлкемлестирип, әпиўайы ҳәм әҳмийетли болған карантин қағыйдаларына әмел қылсақ, Наўрыз байрамын ҳеш қандай кеўилсизликлерсиз ҳәм көтериңки руҳта жақынларымыз бенен бирге қарсы аламыз. Бул мүбәрек әййямды ҳәммемиз бирдей қәдирлеймиз, сағынып интизарлық пенен күтемиз ҳәм усындай қутлы сәне келгенде кеўиллеримиз қуўанышқа бөленеди. Тыныш ҳәм пәраўан турмысымызды мине усындай әжайип байрамлар еледе байытады. Бәршемизге белгили Наўрыз байрамының тарийхы әсирлерге тең. Ата-бабаларымызда бул әййямды қәдирлеген. Қәлбимиздеги ең пәк тилеклеримизди өзинде жәмлеген байрам қарсаңында сизлерге өзимниң байрам қутлықлаўымды жоллап атырғанлығымнан жүдә қуўанышлыман. Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте пүткил республикамыз халқын, филиал жәмәәтин ҳәмде студент-жасларды Наўрыз улыўма халықлық байрамы менен қызғын түрде шын кеўилден қутлықлайман! Бәршеңизге беккем саламатлық, шаңарағыңызға аманлық, ийгиликли жумысларыңызда болса тасқын табыслар тилеймен! Ҳәр бириңиздиң қазаныңызда сүмелек қайнап, байрам дастурханыңыз мол-молақай ҳәм толы болсын. Жақсы күнлерде саў-саламатлықта дийдар көрисиў бәршемизге несип етсин! Наўрыз байрамыңыз мүбәрек болсын әзизлер!
Ҳүрмет пенен,
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1