Филиалда шаңарақ темасына бағышланған семинар-тренинг өткерилди
Усы жылы 17-март күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “Жаслар санасында шаңарақлық мүнәсибетлерди қәлиплестириў” атамасында семинар-тренинг болып өтти. Семинарға Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлими Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы Ғ.Уралбаева, Нөкис қаласы ИИБ хызметин муўапықластырыў бөлими терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бөлими баслығы, подполковник С.Пирманов, Нөкис қаласы ҳәкимлиги дин ислери бойынша бөлим баслығы Қ.Нызаматов ҳәмде Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қаласы бөлими қәнигеси И.Аметовлар мийман сыпатында қатнасты. Сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Филиал оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров кирис сөзи менен семинар-тренингти ашып берип, кирип киятырған Наўрыз ǝййямы менен бәршени қызғын қутлықлап өтти ҳәм сөз нәўбетин Ғ.Уралбаеваға берди. Ол өз баянатында жаслардың шаңарақ қурыўдағы жуўапкершилиги, ер адам ҳәм ҳаялдың шаңарақтағы миннетлери ҳәм перзент тәрбиясы сыяқлы мәселелер бойынша пикирлерди билдирди. Қ.Нызаматов болса муқәддес динимизде шаңарақ ҳәм некеге болған итибар темасы бойынша студент-жасларға айтып берди. Сондай-ақ, илаж даўамында С.Пирманов ҳәмде И.Аметовлар сөзге шығып тема бойынша өз пикирлерин билдирип өтти. Филиалдың Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова болса “Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны” темасында баянат жасады. Буннан соң филиал психологы М.Алламуратова “Шаңарақлық мүнәсибетлердеги машқалалардың себеплери ҳәм олардың шешимлери” темасы бойынша семинар қатнасыўшыларына кең түсиниклерди берди. Баянатшылардың шығып сөйлеўлери жуўмақланғаннан соң семинар-тренинг сәўбетлесиў көринисинде даўам етти. Яғный, студент-жаслар бүгинги тема бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдириў менен бирге өзлерин қызықтырған сораўларға жан-жақлама жуўаплар алды. Улыўмаластырып айтқанда бул семинар-тренинг қызықлы тәризде болып өтти. Филиал студентлери тема бойынша кең түсиниклерге ийе болды.
скачать dle 12.1