Филиал директоры студент жаслар менен сәўбетлесиў өткерди
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры Адилбай Есимбетов студент-жаслар менен ушырасыў өткерди. Еркин сәўбетлесиў тәризинде алып барылған ушырасыў даўамында коронавирус кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлери ҳәм студентлер карантин талапларына әмел етиў керек екенлигин билдирген ҳалда, студент жасларға медициналық нықап тағып жүриўи ҳәмде усы сыяқлы әпиўайы ҳәм әҳмийетли болған карантин қағыйдаларын еслетип өтти. «Биз ҳәр бириңиздиң саламатлығыңыз ушын қайғырамыз! Өзлериңизде бул мәселеде итибарлы болың», деп қосымша тәризде айтып өтти филиал директоры. Сондай-ақ ушырасыўда студентлердиң имтихан нәтийжелери бойынша қалыс пикирлери тыңланды. А.Есимбетов филиалдағы имтихан процесинде дәмегөйлик жағдайлары жүз бериўи ҳәм барлық студентлер әдалатлы тәризде баҳаланғанлығы бойынша ҳәр бир студент өзиниң пикирин еркин түрде билдириўин сорады. Олар имтиханлар әдалатлы тәризде өткерилгенин ҳәм алған баҳалары өзлерин толық қанаатландырыўын билдирди. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ҳәм Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязовлар филиалдағы билимлендириў сапасы, сондай-ақ, ушырасыўда сөз етилген мәселелер бойынша өз пикирлерин билдирип өтти. Атап өтиў орынлы, филиал директоры А.Есимбетов студентлер менен усы сыяқлы ашық сәўбетлесиўлерди турақлы түрде шөлкемлестирип келмекте.
скачать dle 12.1