SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Халық шайыры ҳәм жазыўшысы туўылғанының 80 жыллығына бағышланған илаж » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Халық шайыры ҳәм жазыўшысы туўылғанының 80 жыллығына бағышланған илаж
Бәршемизге белгили республикамызда Өзбекстан халық шайыры Абдулла Арипов ҳәм халық жазыўшысы Өткир Ҳашимов туўылғанының 80 жыллығы кең түрде белгиленбекте. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында усы мүнәсибет пенен жоқары кейпиятта илаж шөлкемлестирилди. Оған Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси ийеси, шайыр Ш.Аяпов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров илажды ашып берип, қатнасыўшыларды келген мийман менен таныстырды. Буннан соң сөзге шығып Ш.Аяпов шайыр ҳәм жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында айтып өтти. Студент жасларға А.Ариповтың қарақалпақ тилине аўдармаланған қосықларын айтып берди. Сондай-ақ, илаж даўамында өзбек тили оқытыўшысы Н.Қурбанбаева, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г. Хожаметовлар өз баянатында жазыўшы ҳәм шайырдың дөретиўшилиги бойынша әжайип тәрийплерди келтирип өтти. Илаждың жуўмақлаўшы бөлиминде болса дөретиўши студент жаслар тәрепинен А.Ариповтың қосықлары оқып берилди ҳәм Өткир Ҳашимовтың шығармаларынан монолог айтып берилди. Бул инсанлардың дөретпелери қәлбимиздиң төрине мөрленген десек асыра айтқан болмаймыз. Халқымыздың сүйикли шайыры ҳәм жазыўшысы туўылғанының 80 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илаж усы тәризде жоқары кейпиятта болып өтти.