«Сени ўатан күтеди» атамасында ушырасыў болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери ушын адам саўдасына қарсы гүресиўге бағышланған «Сени ўатан күтеди» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди. Илажға Республика “Истиқболли авлод” социаллық мәлимлеме орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими юристи Б.Даулетбаев, қәнигеси Т.Утешов, филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамаловлар қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайының ҳуқықый мағлыўматлар секторы баслығы Н.Жуманиязова ушырасыўды алып барды. Ушырасыў даўамында А.Сейткамалов тәрепинен студент жасларға бүгинги күнде адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған ис-илажлар, бул бойынша қабыл етилип атырған Нызамлардың мазмуны кең түрде түсиндирип берилди. Сондай-ақ, ең уллы инәм–ел тынышлығы қәдирин терең аңлап жетиў зәрүр екенлиги айрықша айтып өтилди. Ушырасыў қатнасыўшыларына адам саўдасына қарсы гүресиў темасына бағышланған видеоролик қойып берилди. Буннан соң студент жаслар өзлериниң пикирлерин билдирип өтти.
скачать dle 12.1