Филиал студентлери “Жаңа Өзбекстанның қәбилетли жаслары” атлы китабы менен танысты
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Мәлимлеме-ресурс орайында филиалдың қәбилетли студентлери “Жаңа Өзбекстанның қәбилетли жаслары” атлы китабының 2-томы менен таныстырылды. Илажға Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов, филиал психологы М.Алламуратова ҳәмде студент жаслар қатнасты. Илаж басында қәбилетли студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Тлеумуратов сөзге шығып, бул китаптың баспадан шығарылыўы Республикамыздың жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған қәбилетли жаслар ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин, сондай-ақ “Таълим нашриёти” тәрепинен баспадан шығарылған бул китапта жәмленген жас алымлардың илимий жумыслары ҳаққында толық түрде түсиник берип өтти. Илаж даўамында “Жаңа Өзбекстанның қәбилетли жаслары” атлы китабының мазмуны ҳәм баспадан шығарылыўының тийкарғы мақсети туўралы сөз етилди. Сондай-ақ илажда қатнасқан филиалдағы қәбилетли студентлердиң пикирлери тыңланды. Студент жасларды қызықтырған сораўларға толық жуўап берилди.
скачать dle 12.1