Филиал ҳаял-қызлары ортасында “Ҳаяллар спартакиадасы” өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы спорт залында 8-март байрамы қарсаңында филиал ҳаял-қызлары арасында “Ҳаяллар спартакиадасы” спорт жарысы өткерилди. Спорттың волейбол түри бойынша өткерилген бул жарысқа «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасының оқытыўшылары-“Билимдан ҳаяллар”, хызметкерлер-“Белсенди ҳаяллар” ҳәмде техник-хызметкерлер-“Мийнеткеш ҳаяллар” командасы сыпатында қатнасты. Заўықлы тәризде болып өткен жарыс даўамында филиал ҳаял-қызларының кейпияты жоқары дәрежеде болды. Бул атмосфера спорт залда айқын сезилип турды. Олар өз-ара қалыс тәризде беллести. Жарыстың жуўмағына көре филиал хызметкерлериниң “Белсенди ҳаяллар” командасы биринши орынды ийеледи. “Мийнеткеш ҳаяллар” командасына екинши орын несип еткен болса, “Билимдан ҳаяллар” үшинши орынды алды. Жарыс жеңимпазларына филиал басланғыш кәсиплик аўқамы тәрепинен диплом ҳәмде баҳалы саўғалар тапсырылды. Усы тәризде байрам қарсаңында ғөззал ҳаялларымыздың кейпияты көтерилди.
скачать dle 12.1