Топар басшылары ижарада жасаўшы студентлердиң жасаў шараяты менен танысты
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары ҳәм топар басшылары ижарада жасаўшы студентлердиң жасаў шараяты менен жақыннан танысты. Филиалымыздың ижарада турып билим алып атырған студент жаслары менен ашық сәўбетлесип, сондай-ақ олардың ижарада жасайтуғын үйлери ҳәм мәҳәлле шараятын үйрениў ҳәм жақыннан танысыў мақсетинде топар басшылары белсендилик көрсетти. Ижарада жасаўшы студентлердиң жағдайынан турақлы түрде хабар алып, олардың қандай шараятта жасап атырғаны ҳаққында хабардар болыў әҳмийетли саналады. Соның менен бирге оқытыўшылар бул студентлердиң ата-аналары менен телефон арқалы байланысып, олардың жасаў шараяты туўралы мағлыўмат берип турады. Топар басшылары студентлер менен өз-ара сәўбетлесиў даўамында олардың бул жердеги машқалалары ҳаққында сорады ҳәмде бос ўақтын қалай шөлкемлестирип атырғанлығы менен қызықты. Қуўанышлысы, филиалдың ижарада жасап атырған көпшилик студентлери бос ўақтын мазмунлы жумысларға сарыплайды екен. Мине усы тәризде студентлердиң ижарада жасаўшы үйлериниң шараяты толық түрде үйренилди. Мағлыўмат ушын соны атап өтиў орынлы ҳәзирги күнде филиалымызда жәми 159 студент жаслар ижарада жасап атыр. Топар басшылары тәрепинен олардың жасаў шараятлары турақлы түрде үйренилип барылмақта.
скачать dle 12.1