SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Көрик-таңлаўдың финал басқышына кимлер жолланба алды? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Көрик-таңлаўдың финал басқышына кимлер жолланба алды?
Көрик-таңлаўдың финал басқышына кимлер жолланба алды?
Филиалымызда «Өнерли қызлар» көрик-таңлаўының екинши басқышы болып өтти. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов көрик-таңлаўды ашып берип, биринши басқыш жоқары кейпиятта болып өткенлигин атап өтти. Соның менен бирге қатнасыўшы қызларға әўмет тиледи. Екинши басқышта жәми 9 студент қыз қатнасты. Таңлаў даўамында қызлар 4 шәрт бойныша өз шеберликлерин көрсетти. Ең тийкарғысы беллесиў қалыс тәризде алып барылды. «Өнерли қызлар» көрик-таңлаўының екинши басқышының жуўмағына көре 212-топар студенти А.Жалғасбаева биринши орынды ийеледи. Ҳ.Орақбаева болса екинши орынды қолға киргизди ҳәм үшинши орын У.Алиеваға несип етти. Бул 3 студент қыз таңлаўдың филиалдағы финал басқышына жолланба алды. Бул көрик-таңлаў 2 күн даўамында көтериңки руҳта шөлкемлестирилди десек асыра айтқан болмаймыз. Әҳмийетлиси филиалда билим алып атырған студент қызлардың қәбилетлери жүзеге шықты ҳәм олардың бизге мәлим болмаған жақсы пазыйлетлери ашылды. Төреши ағзалары қатнасыўшыларды қалыс баҳалады. Ҳәммеге бирдей позитив кейпият бере алған көрик-таңлаў қызықлы тәризде болып өтти. Финалға жолланба алған алты студент қызлар арасында жуўмақлаўшы финал басқышы өткериледи.