Филиалда Кеңес жыйналысы болып өтти
Усы жылдың 23-февраль күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында нәўбеттеги Кеңес жыйналысы болып өтти. Жыйналысты Кеңес баслығы А.Есимбетов ашып берди. Буннан соң күн тәртибиндеги бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды. Атап айтқанда, филиалдағы 2020/2021-оқыў жылының биринши ярымындағы оқыў процесиниң сапасын талықлаў, Ветеринария ҳәм Зооинженерия факультетин ашыў, филиал академиялық топар басшыларына қосымша ис ҳақы төлеў бойынша олардың жумысларын баҳалаў ҳәм рейтингин анықлаў критериясын тастыйықлаў ҳәм филиалда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жазба ҳәм аўызеки мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм орынланыўын қадағалаў ҳәмде басқа мәселелер көрип шығылып, жан-жақлама додаланды. Жыйналыс даўамында усы мәселелер бойынша баянатшылар сөзге шығып, баянат жасады. Соның менен бирге А.Есимбетов оқыў процесиндеги жетискенлик ҳәм кемшиликлер, сондай-ақ оларды сапластырыў ҳәм алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис болған әҳмиейтли жумыслар бойынша айрықша тоқталып , пикир ҳәм усынысларды билдирип өтти. Филиал Кеңес жыйналысында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
скачать dle 12.1