Филиал профессор-оқытыўшылары семинарға қатнасты
Төрткул районында Азия раўажланыў Банки қатнасыўындағы шарўашылық бойынша жойбарды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шарўа фермерлери ҳәм исбилерменлер ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Бул семинарға Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Р.Турганбаев, «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова ҳәмде А.Сейпуллаевлар қатнасты. Семинарды Төрткул районы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары ҳәмде туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Авезимбетов алып барды. Семинар даўамында профессор Р.Турганбаев шарўашылықты раўажландырыў бойынша улыўма мағлыўматларды берип өтти. Сондай-ақ, А.Торешова «Азық ислеп шығарыў, силос таярлаў технологиясы», А.Сейпуллаев болса «Ҳайўанлардың жуғымлы кеселликлери» темасында баянат жасады. Семинар жуўмағында баянатшылар тәрепинен қатнасыўшыларға пайдалы мәслаҳатлер берилди ҳәм әҳмийетли усыныслар илгери сүрилди. Семинар қатнасыўшылары өз сораўларына жуўап алды.


Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1