Профессор-оқытыўшылар Беруний районындағы мектепке барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы бириктирилген мектеплер менен өз-ара бирге ислесиў бағдарында жумыс алып барыўды жолға қойғанлығы туўралы сайтымыз арқалы мәлим еткен едик. Филиал директоры А.Есимбетов ҳәмде профессор-оқытыўшылар мектеплерге барып, ол жердеги оқыў процеси менен танысып бармақта. Нәўбеттеги мәнзил Беруний районындағы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби болды. Ол жерге филиалдың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Р.Турганбаев, «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова ҳәмде А.Сейпуллаевлар барып, мектеп искерлиги менен танысты. Оқыўшы жаслар менен ушырасып, сәўбетлесиў өткерди. Мектептеги оқыў процесин үйренди. Сәўбетлесиў ўақтында оқыўшы жаслардың келешектеги мақсетлери туўралы пикирлери тыңланды. Соның менен бирге А.Торешова тәрепинен филиалдағы оқыў процеси ҳаққында мағлыўмат берип өтилди. Ушырасыў жуўмағында мектеп директоры орынбасары менен өз-ара бирге ислесиў бағдарында алып барылатуғын жумыслар ҳаққында усыныслар берилди ҳәм пикир алмасылды. Мектеп жәмәәти филиал профессор-оқытыўшыларына өз миннетдаршылығын билдирди.
скачать dle 12.1