Аўған урысы қатнасыўшылары менен ушырасыў болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Аўған урысы ветеранлары Мақсет Қудайбергенов ҳәм Жарасбай Бердиковлар менен ушырасыў болып өтти. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов илажды ашып берип, ушырасыў қатнасыўшыларын ҳүрметли мийманлар менен таныстырып өтти. Аўған урысы қатнасыўшылары сол дәўирлерди еслеп, өзлериниң басынан кеширген тәсирли ўақыяларды айтып берди. Соның менен бирге студент жасларға елимиздеги бүгинги тыныш ҳәм пәраўан турмыс қәдирин еледе тереңирек сезиниўлери керек екенлигин айрықша атап өтти. Өткен күнлер елеслери жазылған китап бетлерине мүрәжат етиў, нураныйларымыздың көзлеринде терең бир қайғы ҳәм бүгинги күнге шүкиршилик етиў сезимлерин сәўлелендирди. Мазмунлы сәўбетлесиўден соң студентлер Аўған урысы ветеранларына өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, толық түрде жуўаплар алыў менен бирге пайдалы мәслаҳатлерди де тыңлады. Ушырасыў жуўмағында Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов ҳәм бөлим методисти А.Сейткамаловлар келген мийманларға өз миннетдаршылығын билдирип, ҳүрмет белгиси сыпатында саўғаларды тапсырды. Буннан соң нураный аталарымыз өзлериниң жақсы тилеклерин билдирип, пәтиясын берди. Мағлыўматларға көре, 1979-1989-жыллар аралығында болып өткен Аўған урысына Қарақалпақстан Республикасынан 3580 әскерлер қатнасқан болса, соннан 89 ына ўатанымызға қайтып келиў несип етпеген. Бүгинги ушырасыў студент жаслардың ядына әжайип тәсирлер менен мөрленип қалатуғыны анық.
скачать dle 12.1