SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиалда көшпели китапхана көргизбеси болып өтти. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиалда көшпели китапхана көргизбеси болып өтти.
Филиалда көшпели китапхана көргизбеси болып өтти.
Студент жаслар арасында китап оқыўды үгит-нәсиятлаў ҳәмде олар арасында китапқумарлық мәдениятын жәнеде арттырыў мақсетинде филиал студентлери қатнасыўында көшпели китапхана көргизбеси шөлкемлестирилди. Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова илажды ашып берип, көшпели китапхана көргизбесиниң әҳмийети ҳаққында айтып өтти. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы электрон ресурслар ҳәм олардан пайдаланыў залы секторы Мәлимлеме-китапхана технологиялары бойынша қәнигеси Ж.Есенкулова филиал студентлерин китапханадан алып келинген әдебий китаплар менен жақыннан таныстырды. Сондай-ақ, бундай көшпели китапхана көргизбелерин шөлкемлестириўдиң мақсетин түсиндирип өтти. Мәлимлеме-китапхана орайының бүгинги күндеги искерлиги ҳәм соңғы жаңалықлар туўралы да толық түрде мағлыўмат берди. Филиал студентлери қызығыўшылық пенен көргизбедеги китаплар менен танысты. Ж.Есенкулова Мәлимлеме-китапхана орайына барып, буннан да көплеген китапларды оқып көрип, мазмуны менен жақыннан танысыўды студентлерге усыныс етти. Илаж жуўмағында қәниге студентлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берип, қосымша мағлыўматларды берип өтти.