Филиал оқыў ханасында техникум оқыўшыларына әмелий сабақ өтилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы қасындағы Нөкис ветеринария медицинасы техникумының 101 ҳәм 102-топар оқыўшыларына “Шарўашылық малларын жасалма түрде қашырыў” темасында филиалдың оқыў ханасында әмелий сабақ шөлкемлестирилди. Ислеп шығарыў тәлим усталары О.Еримбетов, Д.Елиўбаев, О.Бекимбетов ҳәм П.Есбергеновлар тәрепинен топар оқыўшыларына тема бойынша толық түсиник берилди. Әмелий сабақ даўамында филиал оқыў ханасындағы ҳайўанлар муляжынан пайдаланған ҳалда оқыўшылардың әмелий көнликпелери қәлиплестирилди. Қызықлы тәризде болып өткен әмелий сабақ барысында оқыўшы жаслар көплеген мағлыўматларға ийе болды ҳәмде тема бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Мағлыўмат ушын, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы қасындағы Нөкис ветеринария медицинасы техникумында ҳәзирги күнде Ветеринария медицинасы, Зоотехния ҳәм Кинология бағдарлары бойынша жәми 122 оқыўшы тәлим алмақта.
Бундай әмелий сабақларды сапалы түрде шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет техникумда билим алып атырған оқыўшы жаслардың теориялық билимлерин әмелият пенен беккемлеў болып есапланады.
скачать dle 12.1