Филиалда монографияның презентациясы болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының китапханасы оқыў залында филиал профессор-оқытыўшылары авторлығында басып шығарылған методикалық қолланба ҳәм монографиясының презентациясы болып өтти. Оған филиал оқытыўшылары ҳәм студентлер қатнасты. Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова презентацияны кирис сөз бенен ашты ҳәм авторларды қутлықлап өтти. Илаж даўамында филиал илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары, аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Р.Турганбаев, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Торешова ҳәмде профессордың шәкиртлери авторлығындағы баспадан шығарылған «Қой-ешкилердиң физиологиясы ҳәм тийкарғы кеселликлери» темасындағы методикалық қолланбасы ҳәм аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Уримбетовтың авторлығындағы «Қарақалпақ сүр қойларының этологиясы ҳәм өнимдарлығы» темасындағы монографиясының презентациясы болып өтти. Дәслеп А.Торешова профессор ҳәм оның шәкиртлери менен биргеликте 50 данада басып шығарылған методикалық қолланбаның мақсети ҳәм мазмуны бойынша студентлерге толық түрде түсиник берип өтти. Буннан соң А.Уримбетов филиал студентлерин өзиниң авторлығындағы монография менен жақыннан таныстырды. Студентлер презентация қызықлы ҳәм мазмунлы тәризде болып өткенлигин билдирди. Сол менен бирге олар өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўапларын алды.
скачать dle 12.1