Филиал директоры студентлердиң әмелий сабақ процеси менен танысты
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры Адилбай Есимбетов филиал студентлери әмелий сабақларды қандай тәризде өзлестирип атырғанлығын билиў ҳәмде оқытыўшылардың сабақ бериў процеси менен жақыннан танысыў мақсетинде филиал лабораториясына барып, «Ҳайўанлар анатомиясы» пәнинен өтилип атырған әмелий сабақ процесин бақлады. Бул жерде Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 200-топар студентлерине пән оқытыўшысы Н.Сейтова “Омыртқа, қабырға ҳәм төс сүйеклериниң биригиўи” темасын ҳайўан скелетлери ҳәм муляжлар арқалы түсиндирип атырған еди. Директордың сабақ процесине күтилмегенде кирип келиўи студентлерди қуўанышқа бөледи. А.Есимбетов әмелий сабақ барысын бақлаў менен биргеликте, топар студентлериниң теманы қай дәрежеде пуқта өзлестиргени менен жақыннан танысып, сабақ процесин үйренди. Оларға қосымша сораўлар берди. Ол өз сөзинде төмендегилерди айтып өтти:«Теориялық ҳәм әмелий билимлерди пуқта өзлестириў арқалы билимлерди жәнеде беккемлеп барыў жүдә әҳмийетли. Ҳәзир оқытыўшыларыңыз сизлерге жақсы билим бериўге ҳәрекет етип атыр. Сабақтың бир минутында бийкар өткермең. Билим алың, үйрениң! Мине бул шараятларды тек ғана сиз студентлер ушын жаратып бергенбиз. Оннан әлбетте үнемли пайдаланың!». Соның менен бирге пән оқытыўшысына теманы жәнеде қызықлы тәризде өтиў бойынша өз усынысларын билдирди. Әҳмийетлиси студентлер директор итибарын сезине алды. Бул болса өз орнында оларға исеним бағышлап, жуўапкершиликти еледе терең сезиниўге түрки болады деп ойлаймыз. Сөзимиз жуўмағында 1-курс стдудентлер бүгинги әмелий сабақты пуқта өзлестире алды десек қәтелеспеген боламыз.
скачать dle 12.1