Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрине усыныс жибериң!
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов студентлер менен өткерген онлайн ушырасыўда турақлы байланысты жолға қойыў ҳәмде олардың тараўға тийисли пикир ҳәм усынысларын үйрениў мақсетинде “Министрге усыныслар” боты иске түсирилиўи ҳаққында мәлим еткен еди.
Телеграм тармағында “Министрге усыныслар” боты шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында министрликтиң рәсмий телеграм каналы арқалы мәлим етилди. Енди профессор-оқытыўшылар, алымлар, изертлеўшилер, студентлер ҳәм олардың ата-аналары бул бот арқалы тикеллей министрге тараўға тийисли машқалаларды билдириўлери, сондай-ақ, өз усынысларын жоллаўы мүмкин.
Барлық усыныслар министрдиң жеке өзи тәрепинен үйренип шығылады ҳәм жоқары билимлендириў системасы хызметин жақсылаў бойынша әмелий жумыслар алып барылады.
Өз усынысларыңызды төмендеги мәнзил арқалы жибериўиңиз мүмкин @vazirga_takliflar_bot
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1