Филиал студенти 400 млн сум грант жеңимпазы болды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти Парахат Тилеклесов Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) тәрепинен өткерилген «Арал теңизи регионының шорланған жерлеринде Инновациялық стартап жойбарлар» таңлаўында қатнасып жеңимпаз болған еди. “Арал бойында балықшылықты раўажландырыў, сондай-ақ жоқ болып кетиў қәўпи астында турған балық түрлерин тиклеў” атамасындағы жойбарға оның туўысқан ағасы Жайлибаев Полат басшылық етти. Жойбар тийкарында 400 млн сум грант қаржысы ажыратылды. Студентимиз П.Тилеклесов ҳәзирги күнде жойбарды әмелге асырыў жумысларын баслап жибергенлигин билдирди. Жойбар шеңберинде Арал бойында балықшылықты раўажландырыў, балық жетистириў көлемин арттырыў, бул жердеги фермер хожалықларына арзан майда балық шабақларын жетистирип бериў ҳәмде балық түрлерин тиклеў көзде тутылған. Соның менен бирге басланыўына 5 адам жумыс пенен тәмийинленеди. 15 тонна балық личинкаларын жетистириў ҳәм кейинги жылда 1 миллиард сумнан аслам қаржы ислеп табыў режелестирилген. Мағлыўмат ушын, Мойнақ районында студентимиз шаңарағының “Бостанова Несибели” ЖШЖ балық кәрханасы 2019-жылдан бери искерлик жүритип келмекте. Әлбетте, мине усындай инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға умтылған зийрек студентимиздиң табысы бизди қуўанышқа бөледи. Берилген имканияттан үнемли пайдалана алыўда әҳмийетли саналады. Филиал студенти Парахат Тилеклесовтың алдағы режелестирген жумысларында тасқын табыслар тилеп қаламыз.
Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1