Жоқары оқыў орынларында қандай ҳүжжетлер электрон формаға өтеди?
Студентлердиң рейтинг дәптершеси, студентлерди дизимге алыў бети, оқытыўшылардың сабақ режеси ҳәмде журналы толық электрон формаға өтеди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы Абдували Холиков МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.
Төменде А.Холиковтың сөзлерин келтирип өтемиз:
«Жоқары оқыў орынларында билимлендириў процеси толық түрде кредит-модуль системасына өткеннен кейин, ҳәмме жумыслар электрон формаға өткериледи. Рейтинг дәптершеси, студентлерди дизимге алыў бети, оқытыўшылардың сабақ режеси, журналы соның менен бирге студентлер журналын жүргизиўде қағаз көринисинен пүткиллей ўаз кешиледи.
Оқытыўшы баҳаларды қашан қойыўы, қандай тийкарларға көре баҳаланыўы анық болады ҳәм белгиленген мүддет өткеннен кейин, оқытыўшы баҳаны өзгертиўге имкан болмайды. Егер қандайда бир себепке тийкарланып өзгертилген жағдайда да бул туўралы мағлыўматларды сақлап қалатуғын система жаратылмақта».
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1