Баҳа алмаған студентлер үшинши семестр ушын қосымша қаржы төлейди
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы Абдували Холиков, МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында пәнлерден өз ўақтында баҳа алмаған студентлер үшинши семестр ушын қосымша төлемди әмелге асырыўын мәлим етти.
«Жоқары оқыў орынларында билимлендириў процесин кредит-модуль системасында шөлкемлестириў жумыслары 2020-21-оқыў жылынан енгизилип келинбекте.
Тийкарғы өзгерислер—алдын оқыў ҳәптелери 38-40 ҳәпте шамасында даўам ететуғын еди. Кредит-модуль системасы енгизилгеннен кейин, бул мүддет 36 ҳәптеге өзгерди. Әпиўайы етип айтқанда, академиялық сабақ процеслери 10 айдан 7,5-8 айға түсирилди.
Студент бир семестрде 15 ҳәпте билим алады. Егер бир семестрде 18 ҳәпте ажыратылған болса, оның еки ҳәптеси студентлер ушын өзлестирилмеген пәнлерди өзлестириўге, және бир ҳәптеси болса пәнлер ҳәмде оқытыўшыларды сайлаўға жумсалады.
Және бир әҳмийетли тәрепи—үшинши, жазғы семестрде қосылған. Бул—дем алыс дәўирине туўра келеди ҳәм студентлердиң арзасына көре, пәнлерден баҳа алмағанлар ушын шөлкемлестириледи. Үшинши семестр ушын арза берген студентлер белгиленген тәртипте қосымша қаржы төлейди. Ҳәзирше бул система бойынша сораўлар болып атыр, бирақ үш жылдан кейин ҳәмме бул системаға толық түрде ийкемлеседи».
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1