Өзбекстан-Россия ЖООлары бирге ислесиўдиң жаңа басқышы
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқуловтың халықаралық дәрежедеги дәслепки ушырасыўы Россия Федерациясы Президентиниң Сырт мәмлекетлер менен регионналлық ҳәм мәдений байланыслар басқармасы баслығының орынбасары Антон Рибаков басшылығындағы делегация менен болып өтти.
Онда тәреплер жоқары билимлендириў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм шериклик байланыслары ҳәмде қоспа тәлим бағдарламаларын жолға қойыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди додалады. Соны айтыў керек, бүгинги күнде мәмлекетимизде жәми 25 сырт ел жоқары оқыў орны ҳәм олардың филиаллары хызмет көрсетип атырған болса соннан 12 си Россия Федерациясыники болып есапланады.
Сәўбетлесиў даўамында олардың санын еледе көбейтиў, студент ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўын жолға қойыў мәселеси де қаралып өтилди. Мағлыўматларға көре, бүгинги күнде 28 мыңнан аслам өзбекстанлық студент түрли бағдарларда Россия Федерациясының көплеген қалаларында билим алып атыр. Министр сөўлесиўлерде мине усы жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды шерикликтеги жойбарларға қамтыў мәселеси де көрип шығылды. Сондай-ақ, усы жылдың 2-шерегинде Өзбекстан-Россия жетекши жоқары оқыў орынлары ректорларының регионлар аралық онлайн конференциясын өткериў, Екинши Өзбекстан-Россия билимлендириў форумына таярлық көриў ҳәм оны шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикирлер билдирилди. Ушырасыў жуўмағында әҳмийетли илажларды өткериў тәртиби, көрип шығылатуғын мәселелер ҳәм мүддети бойынша келисип алынды.
скачать dle 12.1