Филиал студентлери көргизбе сарайына барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 3-курс студентлери топар басшысы Амина Торешова менен биргеликте пайтахтымыздағы көргизбе сарайына барды. Студентлер ол жерде художниклер тәрепинен дөретилген шырайлы картиналарды тамаша етти. Дөретпелерди тамашалаў даўамында филиал студентлери әжайип заўық алды. Олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде “Үлкемиз бойлап саяхат” сүрени астында шөлкемлестирилген нәўбеттеги саяхат жүдә мазмунлы тәризде болып өтти. Буннан алдын топар басшылары филиал студентлерин И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине алып барған еди. Көргизбе залын тамаша етиў арқалы студент жаслар өзлерине жақсы руўхый азық алып, мәдений дем алды десек, қәтелеспеген боламыз. Студентлердиң сабақтан бос ўақытлары усындай мазмунлы тәризде шөлкемлестирилип келинбекте.
скачать dle 12.1