Быйыл тест сынақлары 5 пәннен өткериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыл етиў системасын жеделлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4319-санлы қарарына муўапық:
2021/2022-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси еки бөлимге ажыратылады.
Биринши бөлимге барлық тест тапсыратуғынлар ушын мәжбүрий үш пән—ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, екинши бөлимге абитуриент сайлаған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес еки пән киргизиледи.
Мағлыўат ушын, өткен жылғы қабыллаўда, пандемия мүнәсибети есапқа алынып, абитуриентлерге жеңиллик жаратыў мақсетинде мәжбүрий үш пән бийкар етилип, тек ғана сайлаған бағдарына сәйкес 2 пәннен тест сынағы болған еди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1