Студентлер ушын қуўанышлы хабар!
27-январь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда жасларымыз ушын қуўанышлы болған көплеген мәселелер көрип шығылды.
Атап айтқанда, Президентимиз 2021-2023-жылларда студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў бойынша бағдарлама қабыл етиўди әҳмийетли мәселе сыпатында қойды ҳәм бул ҳүкиметке тапсырма сыпатында жүклетилди. Соның менен бирге, студентлер билим алыўы ҳәм жасаў шараятын жәнеде жақсылаў, олар ортасында ишки туризмди раўажландырыў, кеўилашар концерт бағдарламаларын қайта тиклеў, жаслар ушын руўхый ҳәм ағартыўшылық илажларын көбейтиў сыяқлы ўазыйпалар жуўапкерлерге тапсырма етип берилди.
Президентимиздиң жасларға қаратып атырған айрықша итибар ҳәм ғамхорлығы ҳәр бир студентти қуўанышқа бөлеп, оларды еледе толқынландырады. Өз гезегинде оларда буған мүнәсип жуўап сыпатында өз билимлери ҳәм қәбилетлери менен мәмлекетимиз раўажланыўына мүнәсип үлесин қосыўға ҳәрекет қылады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1