Төлемли контаркт тийкарында билим алып атырған студентлер дыққатына!
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссия мәжилисиниң 9-санлы протоколы қарарына муўапық:
Коронавирус пандемиясы себепли республика халқының төлеў қәбилети пәсейгенлигин есапқа алып, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген ҳәм билим алып атырған студентлер ҳәм оқыўшылардың оқыўы менен байланыслы төлемли контракт қаржылары муғдары 2020/2021-оқыў жылында өзгериссиз қалдырылыўы белгиленди.
Сондай-ақ көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары соның менен бирге жоқары оқыў орынлары ректорларының мүрәжатларын инабатқа алып, жоқары оқыў орынлары бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилгенлер ҳәм оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлер оқыўы ушын төлем суммасын кеминде 50 процентин ҳәм төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер оқыўы ушын төлем суммасын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2021-жылдың 1-февраль сәнеси етип белгиленди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1