ЖОО студентлеринде коронавирус анықланғанлығы ҳаққындағы хабарларға министрлик мүнәсибети
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги айрым телеграм каналларда жоқары оқыў орынлары студентлери арасында коронавирус анықланғанлығы ҳәм факультет, студентлер турақ жайы дезинфекция ушын жаўылғаны мазмунындағы хабарлар тийкарсыз екенлигин мәлим етти. Хабарда атап өтилген (ӨзМУ, ТМШУ, ФерПИ, ТИТУ Самарқанд филиалы) жоқары оқыў орынлары студентлери коронавирус кеселлигине шатылғанлығы анықланбаған ҳәм студенлер турақ жайы жаўылмаған.
Сондай-ақ, министрликтиң мәлимлеме хызмети хабарларды жәмийетшиликке оператив түрде жеткерип бериў дәўир талабы екенлигин, бирақ, тастыйықланған, тийкарға ийе болған мағлыўматларды жәриялаў–ең әҳмийетли тәрепи ҳәмде журналистиканың “алтын қағыйда”сы екенлигин айрықша еслетип өткен. Хабарларды тарқатыўдан алдын тастыйықланған мағлыўмат екенлигине анықлық киргизип, кейин жәриялаў, егер жүдә зәрүр болмаса, усы сыяқлы суўық хабарларды жәмийетшилик арасында тарқатпаў мақсетке муўапық болыўы билдирилген. Әлбетте, надурыс болған, толық түрде анықлық киргизилмеген, тек адамлардың итибарын тартыў ҳәм оқыўшылар санын көбейтиў мақсетинде асығыслық пенен тарқатылған ҳәр қандай хабар мыңлап инсанлардың қәўетер алыўы ҳәм тәшўишке түсиўине алып келиўи тәбиий. Бундай хабарлар адамлар арасында қәўетер пайда етиў менен бирге бул кеселлик өзинде бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында гүмән менен қарап, қосымша кеселликлер арттырып алыўынада себеп болыўы мүмкин. Сондай-ақ, рәсмий тийкарға ийе емес ҳәм жалған мәлимлемени тарқатқаны ушын Өзбекстан Республикасы нызамларында ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нормалары белгиленген. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм жоқары оқыў орынлары усы сыяқлы (кеселликтиң анықланыўы) жағдайлар кескин түс алып атырған ямаса тарқалып баслаған болса, оларды сыр сақламайтуғыны айрықша атап өтилди ҳәм министрлик мәлимлеме хызмети бүгин, келешекте де унамлы хабарларды тарқатыўда бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирип өтти.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1