Комитет баслығы Баҳром Норқобилов елши менен ушырасты
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы Баҳром Норқобилов мәмлекетимиздиң Австрия ҳәм Венгриядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты.
Ушырасыў мәмлекетимиздиң Австрия ҳәм Венгриядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абад Файзуллаевтың Өзбекстанның Венгрия мәмлекети менен нәтийжели бирге ислесиўи ҳаққындағы мәлимлемеси менен басланды.
Елши гөш-сүт бағдарындағы нәсилли қарамалшылықты раўажландырыў, шарўашылық кластерлерин шөлкемлестириўде Венгрия тәжирийбесин әмелге асырыў жақсы нәтийже бериўин айтып өтти. Сәўбетлесиў даўамында ветеринария ҳәм шарўашылық тармақларын раўажландырыўда өз-ара шериклик байланысларын орнатыў мәселелери кең түрде додаланды. Атап айтқанда, Венгрияның “Хунланд” компаниясы менен биргеликте сүт бағдарындағы шарўашылық қоспа кластерин шөлкемлестириў, “Рояль Пате” компаниясы менен ғаз жетистириўге қәнигелескен ферма шөлкемлестириў (улыўмалық суммасы 1,5 миллион АҚШ доллары) қусшылық шығындыларын қайта ислеўге қәнигелестирилген қоспа жойбарларды әмелге асырыў (улыўма баҳасы 10 миллион АҚШ доллары), “Мастур Гуд” ҳәм “Хунбас” компаниялары менен биргеликте қоспа жойбарларды әмелге асырыў (15 миллион АҚШ доллары) ҳәмде Венгрия шарўалар ассоциациясы менен биргеликте гөш бағдарындағы қоспа кластер шөлкемлестириў (улыўма баҳасы 15 миллион АҚШ доллары) сыяқлы көплеген келешеги бар жойбарлар ҳаққында пикир алмасылды.
Ҳәзирги күнде “Хунланд” компаниясы тәрепинен Наўайы ўәлаятының Нәўбәҳәр районында жаңа жойбарлар әмелге асырылып атыр. Қоспа кәрхана тәрепинен Венгрия ҳәм Германия мәмлекетлеринен сүт бағдарындағы жәми 320 бас голштейн ҳәм симментал нәсилли қарамал алып келинген. “Хунбас” компаниясы менен биргеликте қусшылық шығындыларын қайта ислеўге қәнигелескен қоспа жойбарды әмелге асырыў бойынша онлайн сәўбетлесиўлер алып барылмақта.
Усы жылдың февраль айында комитет қәнигелеринен ибарат делегацияның Венгрияға сапары режелестирилген. Сапар даўамында нәсилли шарўа малларын жетистириў, сүт өнимлери ҳәм қусшылық шығындысын қайта ислеўге қәнигелескен кәрханалар искерлиги менен жақыннан танысыў ҳәм венгриялық шериклер менен жойбарларды әмелге асырыў, бул бағдарда анық бизнес-режелер ислеп шығыў бойынша сойлесиўлер алып барыў жобаластырылған.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1