Талабалар тарийхый мийрасларымызды үйренбекте
“Үлкемиз бойлап саяҳат” сүрени астында елимиздиң ески ҳәм бай тарийхын үйрениў, жаслар арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў, оларда миллий мақтаныш сезимин беккемлеў мақсетинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы топар басшылары талабалардың бос ўақытларынан нәтийжели пайдаланып, қаламыздың дыққатқа ылайық орынларының бири И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейине барып бай мәдений тарийхымыз бенен танысты.


Музей хызметкери талабаларға И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейи –республикамыздағы үлкен музейлерден есапланып, 1966-жылы шөлкемлестирилген, 1984-жылы И.В.Савицкий аты менен аталып, музейге И.Савицкийдиң белсене қатнасыўы нәтийжеси ҳәм ол топлаған қарақалпақ халық әмелий көркем-өнери шығармалары негизинде тийкар салынғанлығы туўралы айтып, музейдиң улыўма майданы 6,9 мың кв.м. болып, музей халық әмелий көркем-өнери, ески ҳәм орта әсирлер Хорезм көркем-өнери, 1920-30-жыллардағы өзбек ҳәм рус сүўретлеў өнери, қарақалпақлардың заманагөй сүўретлеў өнери ҳәм скульпторлық, илимий-ағартыўшылық бөлимлер, китапхана (10 мың дана) фондына, 85 мыңнан аслам экспонатқа (2004) ийе екенлигин ҳәм музей фондында 1920-30-жыллардағы авангард художниклер жаратқан шығармалар топланғанлығы бойынша кең түрде түсиндирип өтти.


Сондай-ақ, музей қарақалпақ халық усталары тәрепинен исленген зергерлик, ағашты ойып ислеў, кестешилик, тоқымашылық, әсиресе, қара үй (отаў) ҳәм басқада тәкирарланбас экспонатлары менен “Саҳрадағы Лувр” аты менен дүньяға белгили болған. Музей 1970-жыллардан баслап республикамыз ҳәм шет ел мәмлекетлери АҚШ, Франция, Германия, Италия, Япония, Россия ҳәм басқа мәмлекетлердеги көргизбелерде қатнасып келмекте. Талабалар пайтахтымызда жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейине саяҳат қылып, қарақалпақлардың бай мийраслары менен танысып, өзлерине мәдений азық алды.

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими
скачать dle 12.1