Студентлер музейге барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов басшылығында Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 3-курс студентлери ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы “Репрессия қурбанларын еслеў” музейине саяхат шөлкемлестирилди. Музей экскурсоводы А.Мамбеткаримова студентлерге музей 2018-жылы август айында ашылғанлығы, шөлкемлестирилиўден тийкарғы мақсети ҳәм оның ҳәзирги күндеги искерлиги ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти. Бул музей 4 блок ҳәм 8 бөлимнен ибарат. Филиал студентлери үлкен тәсирлерге бай ҳалда бөлимлер менен танысып, керекли мағлыўматларға ийе болды. Жаслар санасында ўатанға деген муҳаббат ҳәм ҳүрметти еледе күшейтиў, олардың бүгинги тыныш ҳәм татыў турмысымыздың қәдирин және бир мәрте тереңирек түсинип жетиўинде мине усындай миллий музейлеримиз әҳмийетли орын тутады. Бүгинги саяхат усындай ийгиликли мақсетлерди гөзлеген ҳалда шөлкемлестирилди. Филиал студентлери музейге саяхаты даўамында әжайип тәсирлерге ҳәм тарийхый мағлыўматларға ийе болды. Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў орынлы, буннан алдын филиал студентлери Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими Е.Сейтмуратов басшылығында усы музейге келип, бөлимлер менен жақыннан танысқан еди. Нәўбеттеги саяхатта да студент жасларға заўық ҳәм жақсы кейпият бағышлады.

скачать dle 12.1