Филиал психологы студентлер менен сәўбетлести
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлер турақ жайында психолог М.Алламуратова студентлер менен сәўбетлесиў өткерди. Психологиялық хызмет түрлери менен таныстырыў ҳәм студентлердеги адаптацион процести бақлаў мақсетинде шөлкемлестирилген бул сәўбетлесиўге студентлер турақ жайы педагог-тәрбияшысы Ы.Сейтқасымов ҳәм студентлер қатнасты. М.Алламуратова студентлерди психолог хызмети ҳәм оның атқаратуғын ўазыйпасы менен таныстырды. Бул кәсипке толық түрде сыпатлама берип өтти. Инсанлар қандай жағдайларда психологқа мүрәжат етиўи мүмкинлиги, бунда психолог тәрепинен мағлыўматлар сыр тутылыўы айтып өтилди. Түскин кейпият, стресс, психологиялық машқалалар жүзеге келген ўақытта психолог жақсы жәрдемши бола алады. Студентлерде оқыў барысында ямаса басқа да машқалалар туўылса биймәлел филиал психологына мүрәжат етиўлери мүмкин екенлиги билдирилди. Олар психолог жәрдеми қашан ҳәм қандай ўақытта зәрүр болыўы туўралы түсиникке ийе болды. Сондай-ақ студентлерге темаға байланыслы буклетлер тарқатылды. Ы.Сейтқасымов сәўбетлесиў даўамында өзиниң пикирлерин билдирип өтти ҳәм психолог пенен студентлердиң еркин тәризде сәўбетлесиўи жүдә мазмунлы болып өткенлигин билдирди. Филиал студент жаслары сораўлар менен мүрәжат етип, толық жуўаплар алды.
скачать dle 12.1