“Ең үлгили мәмлекетлик шөлкеми”
ӨзАның “Жыл таңлаўы – 2020” илажында таңлаўдың “Ең үлгили мәмлекетлик шөлкеми” бағдарында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы екинши орынды ийеледи.
Ветеринария тараўы түп-тийкарынан реформаланып, мәмлекетте ветеринар тынышлықты тәмийинлеў ҳәмде халқымыздың барған сайын өсип баратырған мүтәжлигин қанаатландырыў ушын жетистирилип атырған азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў барысында жаңа жетискенликлерди қолға киргизип атыр.
Өзбекстанда Мәмлекетлик комитети көринисинде еркин хызмет алып баратуғын структура сыпатында шөлкемлестирилген-атап айтқанда, жаратылған ветеринария хызметиниң системасы пүткил дүньяда үлги сыпатында тән алынбақта. Ҳайўанларды идентификация етиў, оларды есапқа алыў, есаптан шығарыў ҳәм сақлаў тәртиби ҳәмде бул бойынша бирден бир мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ӨзАның “Жыл таңлаўы – 2020” илажында таңлаўдың “Ең үлгили мәмлекетлик шөлкеми” бағдарында екинши орынды ийелегенлиги өз орнында филиал жәмәәтин де қуўанышқа бөледи.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1