Дыққат, жалған хабарларға исенбең!
Кейинги ўақытларда социаллық тармақлар арқалы жалған (фейк) хабарлардың тарқалыўы ҳәўиж алмақта десек асыра айтқан болмаймыз.
Бундай хабарлар әсиресе, билимлендириў тараўында көплеп ушыраспақта. Нәўбеттеги рәсмий тийкарға ийе болмаған хабар социаллық тармақларда, атап айтқанда, телеграм каналларда қоңсы мәмлекетлерден имтихансыз Өзбекстанға оқыўды көшириў мүмкин екенлиги, буның ушын 15-февральға шекем арзалар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде қабыл етилиўи ҳаққында тарқалды. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бул хабарлар ҳеш қандай тийкарға ийе емес ҳәм жалған хабар екенлигин рәсмий түрде мәлим етти. Соның менен бирге усындай мазмундағы жалған (фейк) хабарларға исенбеўге шақырады!

Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1