11-январьдан барлық ЖООларында дәстүрий оқыў басланады (ма)?
Кейинги ўақытларда социаллық тармақларда ЖООлары толық түрде дәстүрий оқыўға қайтыўы бойынша рәсмий тийкарға ийе болмаған, ҳәр түрли мазмундағы хабарлар жәрияланғанлығы ҳәммемизге белгили.
МҒКАда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Фархад Бабашев қатнасыўында өткерилген брифингде бул мәселеге рәсмий түрде айдынлық киргизилди. Өзбекстанда 11-январьдан баслап барлық ЖООлары дәстүрий оқыўға қайтады. Бабашевтың сөзлерине көре, ҳәмме жоқары оқыў орынлары тәрепинен оқыў процесин дәстүрий тәризде баслаў бойынша график ислеп шығылған. График тийкарында 2021-жыл 11-январьдан барлық ЖООларының тийисли курсларында оқыў процеси дәстүрий түрде басланады.
Айырым наўқас ямаса социаллық қорғаўға мүтәж студентлердиң оқыўы онлайн түрде даўам еттирилиўи мүмкин. Бул жағдайда жоқары оқыў орынлары студентлердиң шараятын үйренип шығады. Ҳәмме имканиятлары жеткиликли болған студентлер дәстүрий түрде тәлим алады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1