“Келеси оқыў жылында 27 процент көрсеткишке ерисиўди мақсет еткенбиз”
Иномжон Мажидов, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри:
«Өткен жылы Президентимиз тәрепинен Жоқары билимлендириўди раўажландырыў концепциясы имзаланды. 2030-жылға шекем жоқары билимлендириў менен қамтыўды 50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылған. Ҳәзирде биз 25 процентке еристик. Бул өткен дәўирге салыстырғанда үш есе көп студент қабыл етилип атыр дегени.
Демек, үш есе көп оқыў орынлары, тәжирийбели оқытыўшылар керек. Жоқары билимлендириўде оқытыўшылар ушын талап жоқары, илимий искерлик пенен шуғылланыўы керек, тараўда карьера қылыўы ушын илимий дәреже ямаса атаққа ийе болыўы керек. Сол себепли барлық мәселелерди үзликсиз байланыслы тәризде алып барыў арқалы өсиў темплери белгиленип атыр.
Концепцияға көре, жоқары билимлендириў менен қамтыўды асырыў даўам еттириледи ҳәм мәмлекетлик грантлары, яғный бюджет орынлары 25 процентке көбейтиледи. 2 жыл ишинде қамтыўды 30 процентке жеткериўди режелестиргенбиз. Келеси оқыў жылында 27 процент көрсеткишке ерисиўди мақсет еткенбиз».
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1