Комитет баслығы Б.Норқобилов басшылығында кеңейтирилген мәжилис өткерилди
Бүгин Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы Б.Норқобилов басшылығында видеоконференция байланысы арқалы кеңейтирилген мәжилис өткерилди. Оған комитет системасындағы Республика шөлкемлериниң баслықлары, олардың орынбасарлары, барлық бөлим баслықлары ҳәмде филиал директоры А.Есимбетов ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты. Мәжилисте тараўда 2020-жыл даўамында әмелге асырылған кең көлемли ис-илажлар ҳәм олардың тийкарғы нәтийжелери, сондай-ақ, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрилген илажлар, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлис ҳәм халқымызға мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, 2021-жылда әмелге асырылыўы тийис болған актуал ўазыйпалар ҳәмде басқа тийисли мәселелер додаланды. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў тараўларында әмелге асырылған жумыслар анализленди. Ҳәр бир бөлимге анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Мәжилис қатнасыўшылары күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соның менен бирге комитет баслығы Б.Норқобилов филиалда билим алып атырған жас қәнигелердиң тәлим процеси ҳаққында тоқталып өтти. Соны атап өтиў керек, тараўда 2021-жылда әмелге асырылатуғын актуал ўазыйпалар филиал жәмәәти ушын да әҳмийетли есапланады.
скачать dle 12.1