Төлемли контракт муғдарлары өзгермейди
МҒКАда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Фархад Бабашев қатнасыўында брифинг өткерилди. Онда тараўға байланыслы жәмийетшиликти қызықтырған ең актуал мәселелерге анықлық киргизилди.
Атап айтқанда тәлим процесин шөлкемлестириўде ҳәптелик оқыў күнлери жоқары оқыў орынлары тәрепинен еркин түрде белгилениўи ҳаққында төмендегише мәлим етилди. Ҳәптелик оқыў күнлери оқыў режесиндеги ҳәптелик жүклемелер тийкарында белгиленеди. Бүгинги күнде оқыў режелериндеги пәнлерге ажыратылған ҳәптелик жүклемеден келип шығатуғын болсақ, ҳәптелик оқыў күни 5-6 күнге дурыс келеди. Бунда студентлердиң күнлик жүклемесиде асып кетпеўи тийис.
Хош, брифинг даўамында төлемли контракт муғдарлары тийкарында қандай мәлимлеме берилди?
2021-жыл 1-февраль сәнесинен баслап республикамызда мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар муғдарлары 10%ке асырылыўы белгиленди.
Пандемия шараятында республика халқының төлеў қәбилети пәсейгенлигин инабатқа алып, перзенти мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңиллик жаратыў ҳәмде социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы оқыў жылындағы әмелдеги төлемли контракт муғдарлары өзгериссиз сақлап қалыныўы белгиленгенлиги мәлим етилди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1