ЖООларында оқыў процеси басқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өткизиледи
Ҳүкиметтиң тийисли қарары (№824, 31.12.2020 ж) менен, 2020/2021-оқыў жылынан баслап республика ЖООларында оқыў процесин басқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өткизиў тәртиби енгизиледи.
Сондай-ақ, қарарға көре:
Жоқары оқыў орнында 3 жыл ислеп бериўди нәзерде тутыўшы шәртнаманы рәсмийлестирген ҳалда профессор-оқытыўшылар абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм илимий мәкемелерде стажировка өтейди ҳәм тәжирийбе арттырады.
Жоқары оқыў орнында 5 жыл жумыс ислеп бериўди нәзерде тутыўшы шәртнаманы рәсмийлестирген ҳалда оқытыўшылар абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм илимий мәкемелердиң докторантура бағдарлары тийкарында оқытыў менен байланыслы қәрежетлер әмелге асырылады.
ЖООларының академиялық ғәрезсизлигин жәнеде кеңейтиў мақсетинде 2021-жыл 1-январьдан баслап:
ЖООлары жанындағы техникумларда оқыў шынығыўларын алып барып атырған ЖОО профессор-оқытыўшыларының мийнетине саатбай ҳақы төлеў ЖОО студентлерине сабақ өткенлиги ушын мийнетке саатбай ҳақы төлеў муғдарларында әмелге асырылады;
тәлим процесин шөлкемлестириўде ҳәптелик оқыў күнлери жоқары оқыў орынлары тәрепинен ғәрезсиз белгиленеди;
Жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилетуғын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация комиссиясы басшылары тийисли ЖОО ректоры (филиал директоры) ның буйрығы менен тастыйықланады.
Сондай-ақ, қарар менен ЖООларында оқыў процесине кредит-модуль системасын енгизиў тәртиби ҳаққында нызам тастыйықланды ҳәм төмендеги схема тийкарында басқышпа-басқыш енгизилиўи белгиленди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1