Келеси жылы илим тараўында ЖООлары ҳәм илимий шөлкемлердеги докторантлар саны 4,5 мыңға жеткериледи
Жаңа жылда елимиздеги 30 жетекши жоқары оқыў орнына оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қабыллаў квотасы ҳәм қаржы мәселелерин еркин түрде шешиў ҳуқықы бериледи.
Келеси жылы илим тараўында жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлердеги докторантлар саны 4,5 мыңға жеткериледи ямаса 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейтиледи. Бул мақсетлер ушын бюджеттен қосымша 240 миллиард сум ажыратылады.
Алдынғы халықаралық әмелият тийкарында, доцент ҳәм профессор илимий атақлары, философия ҳәм илим докторы илимий дәрежелерин бериў ўәкиллиги өз бағдары бойынша абырайлы болған жоқары оқыў орынларының илимий кеңеслерине өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
скачать dle 12.1