“Өмир бул–имканият” атамасында семинар-тренинг өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “Өмир бул–имканият” темасында семинар-тренинг өткерилди. Филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен шөлкемлестирилген семинарға Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 2-курс студентлери ҳәм топар басшысы Қ.Юлдашев қатнасты. Семинар-тренинг басында М.Алламуратова тема бойынша студентлер менен сәўбетлесиў алып барды. Өмир инсанларға берилген ең гөззал инәм екенлиги, өмир китабының ҳәр бир бабы өз қолларымыз бенен жазылыўы ҳәм биз жасап атырған әжайип мәўритлер имканияттан ибарат екенлиги ҳаққында айтып өтилди. Семинар-тренинг даўамында студентлерди топарларға бөлип, қызықлы психологиялық ойынлар өткерилди. Таңланған тема жүдә кең болғанлығы себепли, психолог студентлер менен жанлы ҳәм еркин сәўбетлесиў алып барыў арқалы “Өмир бул–имканият” темасын кеңлеў ашып бериўге ҳәрекет қылды. Студент-жаслар өзлериниң пикирлерин билдирип өтти. Семинар-тренинг мақсети филиал студентлеринде өмир туўралы кең түсиниклерди қәлиплестириў ҳәм табысқа ерисиў ушын имканиятлардан дурыс пайдаланыўға бағдарлаўдан ибарат. Мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде болып өткен семинар-тренинг студентлерде позитив кейпият ҳәм умтылыўшаңлық пайда еткенлигин айрықша атап өтиў тийис.
скачать dle 12.1