Студентлер Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында
Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова басшылығында филиалдың Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студентлери Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайына барды. Бул жерде студентлер китапхана архивинде сақланып атырған китаплар, музей ҳәмде электрон китапхана системасы менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, жабық фонд ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды. Бул китапхана бүгинги күнде көплеген студент-жасларға хызмет көрсетип киятыр. Филиал студентлери китапханаға ағза болған. Бүгинги саяхат болса оларға китапхана искерлиги менен жәнеде жақыннан танысыўға имканият жаратты. Философ Г.Лейбниц айтып өткениндей, «Китапхана инсаният барлық руўхый байлықларының дурданалары». Китапханаға барар екенсиз, өзиңизди өзге бир дүньяға түсип қалғандай сезесиз. Бул жердеги китаплар менен саатлап сәўбетлесиўге болады. Китапханада өткен ҳәр бир минут сизге руўхый байлық инәм етеди. Филиал студентлери де бүгинги китапханаға саяхат даўамында бир дүнья тәсирлер алды. Соны атап өтиў керек, Ж.Халмуратова тәрепинен филиал студентлери ушын бундай саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте. Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студентлери керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1