“Мен сүйип оқыған шығармалар” атамасында таңлаў өткерилди
Бүгин филиалымызда бес әҳмийетли басламаның төртинши бағдары бойынша “Мен сүйип оқыған шығармалар” атамасында таңлаў өткерилди. Оған Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. Ж.Халмуратова илажды ашып берди ҳәм алып барды. Сондай-ақ, қәбилетли студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Тлеумуратов, өзбек тили оқытыўшысы Н.Қурбанбаева ҳәм филиал кәсиплик аўқамы шөлкеми жетекшиси Г.Қазахбаевалар төреши ағзалары сыпатында қатнасты. Бул таңлаў жәми 3 шәрттен ибарат болып, 1-шәрт–шығармалардан үзинди оқып бериў ҳәм автор ҳаққында мағлыўмат берип өтиў. 2-шәрт–сүйип оқыған шығармасынан монолог айтыў ҳәм 3-шәрт болса берилген қосықтың ең ақырғы қатарын табыў. Усы шәртлер тийкарында филиал студентлери топарларға бөлинип, өз-ара беллести. Илаж даўамында студент жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығы, интасы, көркем шығармаларды сүйип оқыйтуғынлығы айқын сезилди. Усы орында олар арасында китапқумарлық мәдениятын еледе арттырыў бағдарында әмелге асырылған ис-илажлар өзиниң жақсы нәтийжесин бергенлиги билинди. Таңлаў жуўмағында төреши ағзалары тәрепинен 211-топар студентлери “Ең билимдан”, 205-топар студентлери “Ең зийрек” ҳәмде 201-топар студентлери “Ең талапшаң” номинацияларына мүнәсип деп табылды. Оларға диплом ҳәм ең баҳалы саўға–китап берилди. Таңлаў заўықлы ҳәм қызықлы болып өткенлигин қатнасыўшылардың жоқары кейпиятынан билип алыў мүмкин.
скачать dle 12.1