Есимбетов Адилбай Тлепович докторлық (DSc) диссертациясын табыслы қорғады
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры Есимбетов Адилбай Тлепович "Ўзбекистон ўсимликлари айрим алкалоидлари ва флавоноидларининг вазорелаксант таъсирини тавсифлаш" темасында докторлық (DSc) диссертациясын табыслы қорғады. Ҳүрметли Есимбетов Адилбай Тлепович! Усы мүнәсибет пенен филиал жәмәәти, профессор-оқытыўшылар ҳәмде бәрше хызметкерлер сизди қызғын қутлықлайды! Жаңа жыл байрамы қарсаңында филиал жәмәәти ушын да бул қуўанышлы хабар болды. Сизиң бундай илимий искерлигиңиз филиалда тәлим алып атырған студент жаслар ушын жақсы бир үлги болады деп ойлаймыз. Билимиңиз ҳәм сабырыңыз бенен қылған ҳәрекетиңиз ҳәм машақатлы мийнетиңиз өзиниң күтилген нәтийжесин бергенинен қуўанышлымыз. Алдағы ўақытта жумысларыңызда тасқын табыслар ҳәм үлкен жетискенликлер тилеймиз. Мийнетиңиздиң жемисин көриў барқулла несип етсин. Сизге беккем ден саўлық ҳәм шаңарағыңызға бахыт тилеймиз!

Ҳүрмет пенен, филиал жәмәәти
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1