“Шебер қоллар” көргизбеси шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында бес әҳмийетли баслама шеңберинде студент қызлар қатнасыўында “Шебер қоллар” көргизбеси шөлкемлестирилди. Оған Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер қатнасты. А.Сейткамалов көргизбени ашып берип, қатнасыўшыларды қутлықлап өтти. Бул көргизбени шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет филиалда оқып атырған студент қызлардың қәбилети ҳәм өнерин жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыў ҳәмде олардың қол мийнетлерин филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм досларына көрсетиўин тәмийинлеўден ибарат. “Шебер қоллар” көргизбесинде қәбилетли қызларымыздың дөретиўшилик жумысларынан сүўретшилик, кестешилик, ҳәр түрли липаслар, бас кийим ҳәм тағыншақлар көрсетилди. Олардың қол мийнети тийкарында дөретилген бир-биринен әжайип жумысларын тамашалап, заўық алмаўдың илажы жоқ. Көргизбеде өз жумыслары менен қатнасқан Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 1-курс 212-топар студенти Г.Бекназарова, Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти Ю.Худиярова, Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студенти А.Айтниязова ҳәм Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти Л.Яқыпбаевалар түрли номинациялар бойынша диплом ҳәмде естелик саўғалары менен сыйлықланды. Қәбилетли студент жаслар мине усы тәризде хошаметленип, өз мийнетлерин көрсетиў ушын имканият жаратылса, олар өз үстинде еледе жумыс алып барады. Бүгинги көргизбе жоқары кейпиятта болып өтти.
скачать dle 12.1