Стол тенниси жарысы өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими тәрепинен жаңа жыл байрамы қарсаңында бес әҳмийетли баслама шеңберинде илажлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Бүгин, Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң базасында филиал студент-жаслары арасында стол тенниси бойынша жарыс өткерилди. Оған жәми 30 дан аслам (ер балалар ҳәм қызлар) студентлер қатнасты. Жарысты Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов ашып берип, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Филиал студентлериниң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырыў ҳәмде қысқы дем алыс қарсаңында олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў менен биргеликте жоқары кейпият инәм етиў мақсетинде шөлкемлестирилген бул жарыс қызғын тәризде болып өтти. Стол теннисине қызығыўшылығы бар болған студентлер қатнасыўындағы ойын даўамында жеңис ушын қалыс түрде беллесиў алып барылды. Жарыстың жуўмағына көре, ер балалар ортасында жеңимпазлықты Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 1-курс студенти А.Қошқаров қолға киргизген болса, Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 1-курс студенти Ж.Қалхаманов 2-орынды, усы қәнигеликтиң 1-курс студенти А.Уалибергенов болса 3-орынды ийеледи. Студент-қызлар арасында болса Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 1-курс студенти У.Кенесбаева 1-орын, Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти Ў.Сатыпалдиева 2-орын ҳәм Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 1-курс студенти Г.Каримбаева 3-орынды ийеледи. Барлық жеңимпазларға сол жердиң өзинде диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
скачать dle 12.1